⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАТЫЎ I

Қарақалпақша

ф. 1. Тамақтың дәмин көриў, байқаў, тағамланыў. Көп жыллық, нәсип еткен дузды таттық (Қ.Ирманов). Мен бул коньякты бурын татып көрмеген едим (М.Нызанов). 2. аўыс. Турмыстың, өмирдиң ашшы-душшысын көриў, билиў. Бүгинги күн күлип, мийнетимниң палын таттым (Ә.Шамуратов). Қаслық сөз айтсам ырайдан қайттым, Дуздың зәҳәр уўларын таттым (Әтеш). 3. аўыс. Тең келерлик, турарлық, барабар. Оны жеўге тамсанып тақыя татыр нәрсе жоқ (Жийен). 0 Онға татыў — онға турарлық, боларлық. Душпаннан алар өши бар, Онға татыр күши бар («Мәспатша»). Татып алмаў — ҳеш жемеў, нәрсе билмеў. Қыз алдына қойылған тағамдардан тйтып алмастан, өңирине сулаған қап-қара өриминиң ушларын түтип, үнсиз отырар еди (Ш.Сейтов).