ТАЛАҚ I
Қарақалпақша
ат. гөн.с. Ерли-зайыплынын ажыралысыўындағы бир-бирине қойылған шәрт.
Неке, талақ, калың малға, Сөйтип ўайран салайық (Х.Ахметов).
0 Талақ етиў — а) неке бузыў, айырылысыў.
Ҳаялын талақ етип, өзи басқа журтқа кетипти (қк.х.е.).
б) бир нәрседен бир тарап безиў, бас тартыў.
Мал-мүлки бахтымды, Тажым менен тахтымды, бәршесин талақ етемен («Алпамыс»).
Малы курысын нетейин, малды талақ етейин («Қоблан»).
Талақ хат — ерли-зайыплылардың айырылысыў, неке бузыў жөниндеги гүўалық.
Қәне талақ хатты әкел, — деди айбарақ салып («Әмиўдәрья»).