⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӨТИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. Узын-шубайына тиғиси айырылыў, жыртылыў. Усы ўақытта жамаўлы шекпенин жалаңаш етине желбигей салып, гөне бөзден тигилген диз кийиминиң дизерликтен сөтилип жыртылған балағын көрсеткиси келмей, жуўан санына шыйырып байлаған, аш өлең бир жигит қапталындағы ғаррыны түртип жымыйды (К.Султанов). 0 Қабырғасы сөтилиў — қатты қыйналыў, ашыныў. Елден шығынып кеткели ҳаялы менен балаларының қанша ҳәсирет уўына зәҳәрленип, қан жутып, матам тутқанын, шерли жолбарыстай қабырғасын сөтип, аҳ урғанын, ғәзепли сепкил жүзлерин көрип, жүреги тас төбесинен шыққандай болды (К.Султанов). Алжир тартқан азаптан, Қабырғам мениң сөтилер (И.Юсупов). — Сырттың ҳәр қыйлы шабыўылынан сөтилген жаралы қабырғаларды бириктириў ушын ириңлескен бири-ярымын ылақтырып таслағанның зыяны жоқ екен, балам (Т.Қайыпбергенов).