СӘЎИР
Қарақалпақша
ат. 1. Жылдың он еки айының бири, бәҳәр айы.
Шамсия жыл есабының екинши айының арабша аты, яғни 22-апрель 21-май аралығына туўра келеди.
Жасырып күнниң қамалы, Ести сәўирдиң самалы (Ә.Шамуратов).
Сен сайраған ўақта шадлы наманы, Гүлдей жайнап жаңа турмыс жамалы, Есип кеўиллерде сәўир самалы, Қыс тоқсанлар жазға дөнди, Айымхан (И.Юсупов).
2. астр.
Он еки мүшелдиң бири.
Ҳамал хәм Жаўза мүшеллериниң ортасында жайласқан.
3. Бәҳәр айларында есетуғын самал.
Алмамекен дедим уўылжып пискен, Қойынан ышқының сәўири ескен, Билектей қос бурым бөксеге түскен, Бир қоса жупқасын басқа шалған қыз (И.Юсупов).