СЫҒАЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жасырын түрде қараў, үнилиў.
Жәмийла үйдеги айтысқан гәптиң хәммесин еситип, қоңсы үйдиң жабығынан сығалап тур еди (К.Султанов).
Жигитке әдет сығалаў, Көзиң атып жығар-аў, Әйтеўир-ақ шығар-аў, Қара көйлек ишинде... (И.Юсупов).
Жатақханаға келип, әйнектен сығаласам, ол қозысы қалған қойдай артына қайта-қайта қаранып гөлегөйлеп баратыр екен (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Абайлы болыў, сақланыў, сақ болыў.
Көп сығалап көзиңди сал (А.Дабылов).