⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫРТ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсениң арқа тәрепи, таманы, екинши бети. Аға беглер сыртым пүтин, Ишим жанып болды түтин, Асырып залымлар исин, Ҳеш бир реҳим қылған емес (Бердақ). Қақпағын көтерсең — мәзи куў сүйек, Саўдырасып жатыр. Ал, сыртын көрсең, — Арамейше жазыў. Ҳәм де еңиреп, Жыласқан хаяллар тири ме дерсең (И.Юсупов). Сыртынан пиджагин кийди де, хеш нәрсе билмеген киси усап жолға шықты (Т.Қайыпбергенов). Жат адамлар шардан еки адым сыртқа шықты да, иркилди (М.Нызанов). Көп өтпей аўыл сыртында жалғыз атлы батыс таманға ат жорттырып барар еди (К.Кәримов). 2. Жәмәәтте бир адам жоқ ўақтында, қатнаспағанда, болмағанда. Бир мүсәпир ғәрипти, сыртынан сайыўшы болма («Мәспатша»). Барлық халқыны жыйдырып, Ҳүкимин жөнсиз сыйдырып, Сыртынан неке қыйдырып, Қырқ сулыўды алған екен (Бердақ). Ол өлтирсе журттың сырттан айтары, бийшараға жаза қурық түскен дер (Т.Жумамуратов). «Домалақ арза» жазып, сырттан сайып, Сөйлесип тири менен тирилерше, Ашықтан-ашық бәрин сөз қылайық (И.Юсупов). Аўзы жеңиллери ханды сыртынан сөкти де, базылары мийнетте халық қатары, иззетте қул қатары екенин айтысып, өз ара гийне қылысты (Т.Қайыпбергенов). Қолына түскен нәрсени бас-көз демейди, ылақтырып жибереди, биреўлерди заў-затын қалдырмай сыртынан сөгеди (М.Нызанов). 3. Өз елинен, аўылынан басқа узақ жер, мәмлекет. Сыртта жүрип сизлер менен байланыс жасаған адам болса керек (Қ.Әўезов). - Аға, сонша жыл сыртта жүрсеңиз де нақыл-мақалларымызды умытпапсыз, - деп күлдим мен (М.Нызанов). 0 Сыртқа шығарыў — хабарлаў, жәрия етиў. Қуўанған сезимин сыртқа шығарғанша асығып, бир нәрсе хаққында сөз баслағысы келеди (Т.Қайыпбергенов).