⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫРНАЙ

Қарақалпақша

ат. (п. — тойда шертилетуғын най). Тесиклерин бармақ пенен ашып-жаўып, үплеп шертилетуғын музыка әсбабы. Сырнай, гернайлардың даўысы таўды, тасты жаңлатты («Ер Зийўар»). Еки жағадағы тынып турған урык, жекен усы бийғе нама қос қандай нәзик сырнайын шертти (К.Султанов). Көрсем сыңқ-сыңқ күлген суўларын сайдың, Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың, Сонда бир сен болып шадлығым, қайғым, Турдың көз алдымда, Әмиўдин қызы (И.Юсупов). Халық неғе шебер болса, бәри исленди: қобыз ба, доңызқабақ па, дуўтар ма, домбыра ма, сырнай ма, үшпелек пе, баламан ба — барлық саз әсбаплары жаңлады (Т.Қайыпбергенов). Бул сырнай да шертип баратыр, дәп те қағып баратыр (М.Нызанов). 0 Асқазаны, қарны сырнай шертиў — аш болыў, ашығыў. Азанда бир кесе көк шай менен шыққан мениң де асқазаным сырнай шертип, жуғырлай баслады (М.Нызанов).