⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫНАҚ

Қарақалпақша

ат. Имтихан, сынаў. Мәни берип, сер салсаң бул заманға, Тәбизи өзге бир заман киятыр, Компьютерди түсинбеген адамға, Оның тест сынағы жаман киятыр (И.Юсупов). Жетер, шеберлигиң, сабыр-шыдамың менен үлкен сынақтан өттиң (К.Кәримов). Өзи де сынаққа түскенин сезди (К.Султанов). Билим жүйрик жәҳәнда, Пырақтан да оза бер, Жақсы оқып сынақтан па (С.Нурымбетов).
ф. Тексериў, байқаў, бақлаў. Хош келдиң деп аттан түсирилген қонақ, Отырған болмағай сол үйди сынап, көзли хәм аяқлы, тилли бир шолақ, Өнерсиз, билимсиз қолдан жақсырақ (Бердақ). Ажар хаялдың хүрейленгенин иштен сынап «еденлиги де бар екен ғой!» деп гәптиң ушын баска жаққа аўдарды (К.Султанов). Өмир сүрип алпыс жети жыл, Не сынаўдан өтсе де басы, Еле бир жигиттей күши бар, Бүгилмеген полат тулғасы (И.Юсупов). Шет елге шаймий кетсе, елдиң атына нуқсан келеди, шет жер көрмеген халқын, көрген адамы менен бахалайды, деп сынамақшы болған (Т.Қайыпбергенов). Бизиң халқымызды сынап көрмекши, саўға-сәлем берсек, қорққанға жорып, жолы түскенде айланып соқпақшы (К.Кәримов). — Сен мени сынаў ушын шақырдың, — деди Қутлымурат көзи қызарып (М.Нызанов).