СЫН I
Қарақалпақша
ат. Сынақ, тексерис.
Не нәрселер қәдирсиз ҳәм пайдасыз екенлигин сын көзи менен қарап анықлаўымыз тийис (И.Сағыйтов).
— Және айтсам саған, Жақында маған, Сын жазыпты бир оңбаған, «Ким?» деп жүрсем, Таныдым мен, Дос емес екен ол маған (И.Юсупов).
0 Сын тағыў — мин, айып, кемислик табыў.
Адамға адам сын тақпай, Кете берсин аўыз қақпай (Бердақ).
Бир-биреўге сын тағысып күлгендей, Жағдай жоқ ойланың, Бердақ қолдаўлы (Әтеш).