СЫЛТАЎ
Қарақалпақша
ф. Бәне, себеп, дәлил.
Мойынға түссе ел иси, сылтаў таўып қала берме, сыныққа сылтаў көп (Ө.Хожаниязов).
— Әне бул талабың келиседи, деди Пирим, — усы сылтаў менен кетпесең, қаршадай жасыңда, жат журтқа жибере қоймас (К.Султанов).
Адамлар шөллерге бурып дәрьяны, Теңизди қурытып, жаўратар елди, Сылтаў таўып урыс ашып, дүньяны, Полигон қылыўдын заманы келди (И.Юсупов).
Иркилип қалыўға сылтаў таппады (Т.Қайыпбергенов).
Балтамлап айтысып, ўақытты созбақшы, соның арасында «тал қармап» қандайдур сылтаў я себеп таппақшы ыға усап көринди (К.Кәримов).