СЫЗЫЎ
Қарақалпақша
ф. Белги салыў, сызық ислеў.
Көзиниң қыйығын қызыл менен сызып қойғандай еди (Ж.Аймурзаев).
Ағысты сызып баратырған пароход оған көшкен толы елаттай көринди (К.Султанов).
Шек жоқ еди қара түнлерде, Қуйын шабар аңындай дүздиң... Бири болып жети жулдыздың, Жарқ етти де, түн баўрын сызды, Әл Беруний туўылған жерде (И.Юсупов).
Ҳәзир төгилген көз жастан ба, ямаса үш күнлик жаўынның изи ме, пиядалар батпақ сызып, атлардың туяқларынан батпақлар атлығып ҳәмме тарқасты (Т.Қайыпбергенов).
Оларға жаңағыдай хайўанлардың, адамлардың сүўретлери пор менен дусмалай сызылған (М.Нызанов).