⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫБАНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Билекти түриниў, белсениў. Белгили жуўан палўанлар, Ортаға шықты сыбанып («Ер Зийўар»). Оның бержағында билек сыбанып балық аўлап жүрсиз (К.Султанов). Ғазлар қонған айдын-айдын көллери, Жасыл липас кийди ўатан жерлери, Жең түринип, ақ билегиң сыбанып, Иске түсти еркин мийнет ерлери (И.Юсупов). Маман гүреске түскен палўандай ортада билегин сыбанды (Т.Қайыпбергенов). 2. Сазланыў, таярланыў. Саў бол, халқым! Сен дегенде, Бир күш пайда болар менде, Саған қыянет еткенге, Сыбаныўлы билегим бар (И.Юсупов).