⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУЎЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Төмен температура, салқын, аяз, муздай. Тек сен қас-қабақтан анлар едиң де, Кешир, гүбирленип дәртимди айттым, «Суўықта жалаңбас турма» дедиң бе? «Қайт үйге» дейсең бе? — Ал, онда қайттым (И.Юсупов). Писирилген суўық гөш самар табақ пенен ортаға қойылды (К.Каримов). Жерде калың қар, бирақ, кардан кейин суўық басланбаған болса керек, әсте ерип атыр еди (М.Нызанов). 0 Қара суўық — курғақ, қарсыз, суўық. Халық аўзыңда «буннан буяғына дүзде туўылған қозы өлмейди» десе де, еки күннен берги қара суўық, қозы түўе анасын да сеспей қатырады (М.Нызанов). Суўық урыў — суўыққа қалыў, тонлаў, музлаў. Болмады ҳеш кимим жуўық, Егинлерди урды суўық, Басалай ишип, ашыды куўық, Жаман ашлық болды быйыл (Бердақ). Кийип ал, болмаса тоңып қаласаң, сени суўық урып кетсе мен не қыламан (С.Сәлиев). 2. аўыс. Жағымсыз, кеўилсиз. Адырақ көзлерин бежирейтип, суўық келбет пенен шағынып сөйлеген еки ғаррының айтысына қулақ салды (К.Султанов). Деп маған күлесең суўық түс пенен, Ғаррыға қосылған жас қыздай болып, Түнлерде көндирип мени күш пенен, Қойнымда жатасаң муп-муздай болып (И.Юсупов). Айтты: «Шайыр аға, есит, мийрибан! Бир суўық шындықты айтайын саған, Тәғдир ойлап тапқан тосын ислерди, Таппас деймен ен бир сумлыкды адам (И.Юсупов). Адамдар суўық хабардан үнсиз калды (К.Кәримов). Ўақты-ўақты еки ийнин көтерип терең дем алады, суўық дем (М.Нызанов).