⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУЎЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир затты жылыстырып тартыў, тартып алыў, шығарыў, жулыў. Бала қылышты қынаптан суўырды (Қ.Айымбетов). Енди қара суўдан суўырып алып кететуғын шығар деп сер салып жүрдим (К.Султанов). Бес жетимек балаңның, Өлимин көрсин деп пе едиң? Жүрегин бахты қараңның, Суўырып неге кетпедиң! (И.Юсупов). Есемурат ғарры шанышқысын суўырып алайын десе, шанышқының тили қайтып шықпаған (Т.Қайыпбергенов). — Келемен дегенше аяғындағы тикенди суўырып алатуғындай, исенип келип еди (М.Нызанов). 2. Дәнли егинлердиң дәнин самалға ушырып тазалаў. Тары суўырып турған Дәрибийке кепшигин жерге қойды (К.Султанов). Абылқайыр реҳимли хан усап бизге қырман суўыртады, кисиге берерге зыядатый нан таба алмаймыз (Т.Қайыпбергенов). 3. Шанғытыў. Газетке орап зағарамды, Асьшып семиз боқшамды, Жолларда суўырып шаңды, Мен қалаға қатнағанман, Оқыў десе жатпағанман (И.Юсупов). Изинше арқа батыстан есирип ескен өткинши самал жоқ жерден шаң-тозаңды уйтқытып, аспанға қарай суўырды (М.Нызанов). 0 Қамырдан қыл суўырғандай — билдирмей жүдә усталық, нәзиклик пенен ислеў, еплилик пенен ҳәрекет етиў. Байтерексең өскен гөне тамырдан, Диг арлығың қыл суўырған қамырдан, Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса, Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылган (И.Юсупов). Изиниң гуйыкдығын билип қамырдан қыл суўырғандай әстен баслады (Т.Қайыпбергенов). Суўырып салма — жуўабы бирден тайын турыў. Қапталындағы ҳаялдиң сораўына суўырып салма жуўап айтыўға батылы бармағанын өзиниң шарўаға еле алым емеслигинен көрди (К.Султанов).