СИҢИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Таралыў, жайылыў, араласыў, биригиў, қосылыў.
Сыңқылдап аққан суў әсте сиңеди жерге жыбырлап (Б.Қайыпназаров).
Мықлы төсин жар таслардың, Жатпаса көк толқын шарпып, Я жамғыр, я булаклардың, Суўы жерге сиңбей балқып (И.Юсупов).
Қатынек пышыктай секирип ҳәмме жерди минтаздай етип, сорпа көбирек сиңген жерлерин еринбей сорыды (Т.Қайыпбергенов).
Ҳәмеллеп тасты тасқа урып майы сарқылып, босап қалған шыраның май сиңген пахта пилтесин тутандырды (К.Кәримов).
2. Жасырыныў, көринбеў.
«Қайда барсам да басқан жерим ойылма болды ғой!» — деп Қәдир қатты адым басып көлге кирип, калың камыслықтың арасына сиңип кетти (К.Султанов).
Суўға сүңгигендей бир демде караңғыға сиңип-сиңип жоқ болды (Т.Қайыпбергенов).
3. Батыў, кириў.
Бүл жерде халық қонақ ушын жаралған, Баласынан қымтап, сакдар конақка, Шынында бүл дәстүр унамас маған, Қанымызға сиңип кеткен бирақ та (И.Юсупов).
Базда-базда булт тарқап кетип куяш жылтылдайды, және қәдимги кәлпине кирип, куяш биротала булт астына сиңди, демниң арасында әлем гүңгиртленип, епелеклеп қар жаўды, бул өзгерислердиң ҳеш бири қоңырат атлыларының кейпине тәсир етпеди, жүрис даўам етти (Т.Қайыпбергенов).
4. Өзлесиў, сиңисиў.
Көзлериңиздиң қарашығына мәңги сиңген ҳәсирет излерине итибар бермегенде, өзиниз еле қыздайсыз!.. (Т.Қайыпбергенов).
Украин емеспен, бирақ қаныма, Көп сиңген бул жердиң рух саўлаты, Жаралы жәйрандай қарақалпаққа, Сен баспана болдың баяғы ўақта (И.Юсупов).