⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИЛТЕЎ

Қарақалпақша

фей. 1. Бирден бир нәрсе менен ҳәрекет етиў, сермеў. Серлеп истиң питер жағын, Салып булар айбарағын, Силтей алмай жаў-жарағын, Усламақшы болған екен (Бердақ). Есикке кулып урылған соң, Ажарға «беккем бол!» дегендей бармағын силтеп, сыртқа шығып кетти (К.Султанов). Есик-төрли жерден найза силтесе, дәл тийғизеди, адамды сеспей қатырады (Т.Қайыпбергенов). Қолына услаған белди бас ушына көтерип, ақсақалға силтеди, қайымшыл ат тайсалып кетип, ийесине соққыны тийдирмеди (К.Кәримов). 2. Бағдарлаў, жибериў, көрсетпе бериў. Жетерсең муратқа хызметлер етсең, Елатың силтесе ғайры елге кетсең, Душпанның ҳәр қашан басына жетсең, Аянбағыл хызметинди халық ушын (Бердақ). Мүмкин бизге жол силтер, Кеңес берсе тыңлайық (Б.Қайыпназаров). Арбаларын жөнетип болған соң Мүширип Қосыбайдың қасына келип: — Өтемурат пушықтың үйин силте! — деди (К.Султанов). Жыллар өтер, гүжим ержетер, Сая берер шаршағанларға, Талай әўлад астынан өтер, Силтеў болар адасқанларға (И.Юсупов). Жаман адамның жол баслаўынан, жақсы адамның силтеўи артық (нақыл). Ол тек силтеп қалмады, хан үйине баслап, үш-төрт жүз қәдемдей қалғанда, өзи аттан түсти, буларды да пияда жүриўге мәжбүрледи (Т.Қайыпбергенов). Билетуғынлардың силтеўи менен Еркинбай Петровичтиң үйин тапты (К.Кәримов). — Төне қалаға қарап айдай бер, өзим силтеймен (М.Нызанов).