⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕН

Қарақалпақша

ал. 1. Бетлик алмасығы, алмасықтың екинши бети. Бийгүна нәрестениң атасын, атаның ботасын мийримли қушағынан жулып алып, ыссы баўырын шолан еткен — сени (К.Султанов). Айтшы, дийқан достым! Сол бир заманда, Сен ким едиң, ислеп едиң ким ушын? Жат қурсақлар ушын жумсалған сонда, Жумыр билегиңде қайнаған күшиң (И.Юсупов). Көшип келген қышшақларға «сен кимсең, қайдан келдиң» деген ҳеш ким болмады (К.Кәримов). Сен — Жер деген үлкен планетаның күдиретли ўәкилисен! (М.Нызанов). 2. Өзинен кишилерге ямаса жақын адамларға мүрәжат түринде ямаса олардың атының орнына қолланылатуғын сөз. Фронтқа барсаң сен де бир мәртлик көрсет, жора, — деп ғарқылдап күлди (К.Султанов). Жигитлердиң ишин гыж-ғыж қайнатып, Бир нәзериң менен аларсаң атып, Ҳафыз Ширазийдиң сазын йығлатып, Апаң сулыў болған сеннен де жаман (И.Юсупов). Биреўи «еки күн шығаған адам болмайтуғын еди, бул еле тири ғой, күшли көринеди» деди де, маған, «хәй, орыс, сен Хийўа ушын нөкер боласаң ба?» — деди (Т.Қайыпбергенов). — Иним, сен алжасып келип турған жоқсаң ба, мен фермермен! (М.Нызанов). 3. Тынлаўшыны менсинбеўшилик, писент етпеў мәнисин аңлатады. Сен маған мәтибийсиме (К.Султанов). Сен албаслы турғанда бул үйге ким келеди (Т.Қайыпбергенов).