⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕМИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Киширейиў, жүдеў, солыў. Исип, семип кепсендағы, Ойланың, кеткен келер ме (Бердақ). Қабағы қатыңқы, торсылдактай еки бетиниң ети семип, айғыз-айғыз әжим түскен (К.Султанов). Денесиниң азғанлығынан келисикли келбети де өзгерип, мойны уп-узын, жип-жиңишке болып жағының ети семген, өзи қылтыйып қалған (А.Бекимбетов). Бес жыллық урыс зардабына ананың жүреги кәтып семди ме, еңиреп егитилген менен төгилип жас шықпады (К.Султанов). 2. Азайыў, таўсылыў, өшиў, тоқгаў. Катердиң қарасы семгенше самал менен лаўдан көйлеги желбиреп, суп-сур болып турған Назлы кемпир баласының жан қалтасына салған топырағын «уўысыма кайтып қашан түсер екен» деп дағдырып тур еди (К.Султанов). — Аўа, сары уўайымнан пайда жоқ! — деп Жәмийла да Жумабайдың сөзин қайталап, самолёттың даўысы семген жаққа сарсылып қарады да: — Эй, мийнет болса көрермиз! — деп шананың ернегине келип отырды... (К.Султанов).