СЕКСЕЎИЛ
Қарақалпақша
ат. Орайлық Азияның шорлы ҳәм қумлы шөллеринде өсетуғын, жапырағы жақсы раўажланбаған пута ямаса терек ҳәм оның отын сыпатында пайдаланылатуғын ағашы.
Еспе қумның үстиндеги ҳәр жерде қулаған сексэўиллердиң арасында кесирткелер жылт етип зып береди (К.Султанов).
Үнсиз көкке қолларын созып әстен, Ким булар ел шетинде ербеңлескен? Ҳеш ким емес, бул мәзи сексеўиллер, Шет-шебирсиз даланы каплап өскен (И.Юсупов).
Шөлден және тили аўзына сыймай, бир сексеўилдиң астын қолы менен тырнап, ызғарға баўырын басып жатып, неше күн уйқылағаны биймәлим, оянса, таң атып, капталындағы жолдан онлаған ешекке жүк артып баратырған дузшыларды көрди де, излеринен бақырып жуўырды (Т.Қайыпбергенов).
Көз ушында киятырса да қапталдағы бир шоқ сексеўилдиң қасына бийикке шығып жол берип турдым (М.Нызанов).