САҚАЛ
Қарақалпақша
ат. Ийек, алқымға шығатуғын жүн, түк.
Көрмегенге көсе таң, Көселерге сақал таң (ққ.х.н.).
Билемен, оның бул шок хәзилинде, Әжимли маңдайында, өткир көзинде, Мәңги қайсар, мәңги жас минезинде, Пәки батпас сақал басқан жүзинде (И.Юсупов).
Әсиресе, сақаллары менен көзлериниң усаслығы — бир устаның қолынан шыққандай бир реңлес (К.Султанов).
Бояўшы, бояўшы дегенге сақалын бояпты (ққ.х.н.).
0 Сақалына асылыў — ермеклеў, мысқыллаў, үстинен күлиў, гәп қайтарыў.
— Сақалыма асылма, пәдериңе нәлет! — деген ханның ашыўлы даўысы еситилди (Т.Қайыпбергенов).