⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҒЫМ

Қарақалпақша

ат. 1. Елес, көринис. Бағанағы қол болса еле сол турысында — көк ж ийектеги сағымдай булдырап тур (М.Нызанов). Еле де көзи шалмай турған булдыр-булдыр сағымлар көп (К.Султанов). Көринген бизге жаўмысаң, я бир жүрген жолаўшы я бир сағым таўмысан («Қоблан»). 2. Сәўле, жақты. «Дала ойланбайды» десе инанба, Ойланбаса неге сағымлар ағар? Әне, үстем ойдай кешки аспанда, Бир бүркит шарықдап канатын қағар! (И.Юсупов). Таң сағымына араласа үркип ушқан бир топар қуслар секилли, еркеклердиң қолларында малақайлары былғаңлады, хаяллардың қолларында жаўлықлары желбиреди (Т.Қайыпбергенов).