⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САРПАЙ

Қарақалпақша

ат. (п. — бас-аяқ кийим). 1. белгили бир адамға ямаса көпшиликке арнап көбинесе той-мерекелерде ямаса салтанатлы жыйынларда саўға ушын таярланған жаңа бас-аяқ кийим. Халмурат пенен Ержанды қуда қылсаң өзлери ущын жарасып кетеди хәм даўды басамыз, ҳәм байдан жағалы сарпай, қырқ туўар аламыз (К.Султанов). 2. аўыс. биреўдин екинши биреўге берген пәнти, сыбағасы. Қол байлаўлы атыңа терис минипсең, Қутлы болсын қыздан алған сарпайың («Қырк қыз»), Елди атлап, Хийўаға жағынаман деп еди, «сарпайын» кийди (К.Султанов). Буйрығын тәрк еткен кәрўан басыларды қашырмай апарса, үлкен ханның нендей алғысына, кайсындай сарпайына сазаўар болады? (Т.Қайыпбергенов). 0 Сарпай жабыў — урысыў, бәләәтлеў, ғарғаў. Ажар жеңгей оннан сон сиз бенен бизге естен кетпес сарпай жабады... (К.Султанов).