САЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Мәмлекет тәрепинен әмелдеги нызамлар тийкарында юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң дөраматы ямаса мал-мүлкинен өндирилетуғын ҳәм бюджетке өткизилетуғын мәжбүрий төлем.
Былтырғыдай быйыл жаман, Қалай-қалай болды заман, Ғәрип-қәсер қалмай аман, Он тилладан келди салық (Бердақ).
Мүширип «Сақық» ақылының қырманынан жыйнаған дәнди Халмурат байдың ақылына жөнетип, өзи салықтың қалғанын өндирип бараман, — деп жолдасларынан қалып қойды (К.Султанов).
2. Қәрежетти қаплақ, мерекени өткериқ ушын жәрдем бериқ мақсетинде көпшиликке бөлинген төлем.
Ада болмас бизге салық салады, Барды, жоқты қолдан тартып алады («Қырқ қыз»).
0 Салық болық — уятлы, қысынатуғын ис болық.
Кел енди, әзиз қурдасым, Ығбалың болғай жолдасың, Гийне етсе заманласың, Жүзиңе ол салық болмас (И.Юсупов).