САЛТ I
Қарақалпақша
ат. Дәстүр, әдет, үрп-әдет.
Бунда дослық салтына жан сүйинер, Жатырқамай араласаң егер сен, Ҳәр шәҳәрли, ҳәр дийқанның үйинен, Өз үйиңниң жыллы лебин сезерсең (И.Юсупов).
Сонда да Жәмийла дүзден келсе, усы үйдиң бир жақыны деп сезгендей елжиреп қарап, гейде далада көрсе алдына жуқырып шығады, бирақ Жәмийла бақыры бурса да, ата-бабадан киятырған салт бойынша салқын кейип пенен тек жыллы жүз көрсетип, қарсы алдында киятырған Әскербайға: «Ҳә, енемниң баласы... Айналайын! Сақ жүрсең бе? Енем үйде ме?» деп қолынан жетелеп, сөйленип үйге киреди (К.Султанов).
0 Сөздиң салты — сөздиң бағдары, мәниси.
Бул айтқан сөздиң салтына, қарамадың дайы Бекжан (Омар).
Курбан көкшиниң сөзиниң салты «болғаны сол» келиссе де, келиспесе де (М.Абдирейимов).