⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САДАҚА

Қарақалпақша

ат. (а. — қайыр, саўға.). 1. Молдаларға, тиленшилерге, дийўаналарға, жарлы хәм мүтәж адамларға берилетуғын қайыр нәрсе. Жақында ғана бизиң апам түсинде қорқып, усы кисиге жуп нан садақа бергени есимде бар еди (Т.Қайыпбергенов). Адамлар мени «бийшараның еки аяғы дизесинен төмен ислемей қалыпты» деп аяп, көбирек садақа береди (М.Нызанов). «Садақаны саўда бер», — деп қайырды нақылын («Қырқ қыз»). 2. Қудайдың жолына, әўлийелерге хәм қаза тапқанлардың жолына берилетуғын қайыр, қурбанлық, аўқат, мереке. Бахтыма үйдиң иши бир садақаға кетти (М.Нызанов). Тамақты көрип, кирген үйимиздиң әлле қандай бир садақасы шығар деп ойлаған едим (Т.Қайыпбергенов). Жыл садақасынан соң әўлийе басына барып келип, биринши мәрте төрге шықты (М.Нызанов).