САДАҒА
Қарақалпақша
ат. Қурбан, пидә.
Мен болайын аға сеннен, садаға, гүңлик пенен күйип өттим дүньядан («Қырқ қыз»).
0 Садағаң кетейин — ыразы болыў, қайыл қалыў, кеўли толыў.
Адамлар бар: өзимшиллик бийлейди, «Өзим» десе, басқаларға иймейди, Садағаң кетейин, Саадий айтқан ғой: «Өзин сүйген өзгелерди сүймейди» (И.Юсупов).
— О-о, садағаң кетейинлер-әй! Айтпақшы, және бир сырды билесең бе? (Т.Қайыпбергенов).
— Ўай, садағаң кетейин кәтқуда адамды қойсеш! — деп, шәўкилдеп күлип, ентигип сөйледи (К.Султанов).
Садағасы кетсин — ыразы болмаў, қайыл қалмаў, кеўли толмаў.
Муғаллимнен кетсин өзиң садаға — Қарағысыз елге, бала-шағаға - Адам етин жейтин хайўан болдың ба? (И.Юсупов).
— Қойсаң-ә, садағасы кетсин ондай саўаптын! Қаяктың мүсәпири ол — әлле неткен бир урғашы деп ақ сүт берген анасына, уўыздай келиншегине, гүлдей нәрестесине қарамаған иймансызды... (М.Нызанов).