⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЎДА

Қарақалпақша

ат. (п. — алды-сатты, саўда-сатық, алды-сатты питими). 1. Товарды, буйымды сатыў, сатып алыў, алмастырыў менен байланыслы болған еки тәреплеме қатнасқа байланыслы мәселе, алыў-сатыў иси. Бир күни Қәдир саўда ислеў ушын заводқа емес, ал пристанға дүкәнына қайырылды (К.Султанов). Төрткүлге бир саўда хызметкерин жиберип балаларға ойыншықлар алдырды (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. (а. — тәшўиш). Инсан турмысында ушырайтуғын ғам-тәшўиш, машақат, ўақыя, ҳәдийсе. Сол саўда болған түнде таң атқанша Саадатжан уйқыламады (Б.Бекниязова). Ата ушын бала өлимин кешириў аңсат саўда емес (Т.Қайыпбергенов). 0 Басына саўда салыў — ҳәр түрли нәрселерге ушыратыў. Мүйтән туқумы тентәк болды, Жайылғанға саўда салды, Жайылған бай бәрин қырды, Екки бала қалған екән (Бердақ). Туўған елдиң ар-намысын алып кел, Душпанның басына саўда салып кел (С.Нурымбетов). Ашықлық пенен көп ойнама, бала, Ақыл-хуўшың бийлеп алар муҳаббат, Дәртсиз кеўлиңди сен қыйнама, бала, Саў басыңа саўда салар муҳаббат (И.Юсупов). Басына саўда түсиў — қыйыншылыққа ушыраў. Жаман менен дус болсаң, басыңа саўда түскенде, өзиниң басын қорғайды (Қ.Айымбетов). Баласының жаўда қазаланған күйиги менен келининиң саў басы саўдаға түскен дәрти қосылып, өрт болып шарпып келип өзегин өртеген соң кемпир еки-үш күн дағдырып отырды да, баласының арқалап тал түсте Ержанның үйине барды (К.Султанов). Урсаң, сес бермей ме зыңылдап тас та, Айралық саўдасы түскенде басқа, Ханның қатал кеўли мумдай жибисип, Қан орнына көзи липледи жасқа (И.Юсупов). Сонда мен қаралының басына бул саўдалар түспес еди (Т.Қайыпбергенов). Жан саўдасы — тиришилик ушын гүрес иси. Жан саўдасы бар жерде уйқы не жесин (Ө.Хожаниязов). Өмирлик саўда — ул үйлендириў, қыз узатыў, еки инсанның қосылып, шаңарақ болыўы. Бул өмир саўдасы (Ө.Хожаниязов).