ПӘРМАНА
Қарақалпақша
ат. 1. Қайырқомлық ететуғын, ғамхорлық ислейтуғын, қоллайтуғын.
Жарадар болған Жанайға, хан пәрмана болады («Ер Зийўар»).
Қалжан, Телманның қурып дәрманы, Малларына басқалары пәрмана (Бердақ).
2. Қуўат, күш, дәрман.
Жолға салған адасқанды, Халқыма пәрмана билдим (А.Дабылов).
Қасты-ғәрезим, дыққатым-қыялым жаңа келген аўырыўларда, әскерий майыплар болса көбирек соларға пәрмана боламан (Т.Қайыпбергенов).