⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘРМАН

Қарақалпақша

ат. 1. Буйрық, хүким, жарлық. Журтым мени шайыр десе, шайырман, не десе де пәрманына қайылман (Т.Жумамуратов). Пәрман менен қылыш сермеп, Жаўдын басын топтай қақты (Ж.Аймурзаев). Аманлықта олар менен Маман бийдиң пәрманын изертлескендей пурсат болмады (Т.Қайыпбергенов). Грушинди зинданға салыўға сизиң атыңыздан пәрман таярладым (Т.Қайыпбергенов). 2. Хүкиметтиң жоқарғы орғаны яки мәмлекет баслығының заң күшине ийе болған буйрығы. Пәрман шығарыў. Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы. 3. Қуўат, күш, дәрман. Кәўлинде кетпегей түрли әрманым, Сен болмасаң кимге жетер пәрманым («Алпамыс»). Байдың иси пәрман менен, Жоқтың иси әрман менен (ққ.х.н.).