ПӘРЕҢ
Қарақалпақша
кел. Таза, жаңа, ҳасыл.
Пәрең орамалын орап, Ара берип өзине, Сүрме жағып көзине («Мәспатша»).
0 Қара пәрең — қарадан келген, қараның сулыўы, қаралаўдан келген келбет, түр.
Ҳаяллардың еринлери бозарып ешейиндеги сулыў қара пәрең жүзиниң қаны пүткиллей қашып кеткен (Қ.Досанов).
Шырайымның қара пәреңлигин айтпағанда ҳеш ким азиялы екенимди жүрис-турысымнан парықдай бермейди (М.Нызанов).
Жийемурат қара пәреңнен келген, арық турақлы, қайындай жигит еди (Т.Қайыпбергенов).
Урыстан соңғы жыллары бул Сийпатдийин деген бриғадир отыз-отыз бес жастың дөгерегиндеги жаңа мурт қойып жүрген көсенамалаў ғана, қайын қара пәрең жигит еди (У.Пиржанов).
Пәреңи мылтық — басқа жақтан алынған, шеттен әкелинген мылтық.
Пәреңи найза — басқа журтта исленген, шеттен әкелинген найза.