ПЫШАҚ
Қарақалпақша
ат. Бир нәрсени кесиў, майдалаў, бөлеклеў ушын темирден, полаттан иеленген, бир жағы кесиўге арналған, ушкыр курал, әсбап.
Егер мийўе қыршыўға арналған пышақ болса, қыршып тазалаған болар едим (Р.Тагор).
Жоғалған пышақтың сабы алтын (ққ.х.н.).
Анық көзи жеткени — хан сарайының сиясаты еки жүзли пышақ екен, егер тағам менен теңғерилсе, онда я дузлы, я дузсыз, я пал салынған, я зәхәрли бир нәрсе (Т.Қайыпбергенов).
Сөйтти де ол қойнынан дәстелери узын, ушы орақгай тик қайтарылып сапланған еки жүзли өткир үш пышақты шығарды (Ә.Шамуратов).