⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПУТА I

Қарақалпақша

ат. Ҳәр түрли, майда терек тәризли өсимликлер. Бир путаның саясына үшеўи отыра кетти (Қ.Султанов). Ҳаял путалар ҳәм ағашлардың арасы менен самалдай ушты (С.Айний). Ешегимизге жүретуғын жол таппай, пута-путаның арасы менен зорға келдик ғой, шырағым! (М.Нызанов). Путаны наналап жатып, Шақмақ шақса, жаны қалмай (Бердақ). Ҳаял путаға қарай бурылды (Н.Дәўқараев). Аяғыңды пута тырнап, тас қыйып, Өрмелейсең асқар таўдың басына (И.Юсупов).