ПУРСА
Қарақалпақша
р. Уақыт, жағдай, мүмкиншилик.
«Аўырмаған киси аўырса, әжел оған бермес пурса» дейди ғой журт.
Не илаж бар, егер дем таўсылып турса (И.Юсупов).
Түни менен мениң қонақ жериме он барып, уйқылаўға пурса бермеди (М.Нызанов).
Ерназаржан, — деди ана және оның бийҳуўда ойларға шүмиўине пурса қалдырғысы келмей (Т.Қайыпбергенов).
Жумысы бир майдан мойын бурмаға пурса бермесе де, қасымды жалғыз шақырып алып, жөн-жосақгы терип сорап, соңында «қалай қораның питкендей түри бар ма» деп сынап сорап та қойды (Ә.Атажанов).