⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПИТИК

Қарақалпақша

кел. 1. Болық, зор, өнимли. Пахта деген жарыкдық питик, қалай болса солай ырғалып тур (С.Хожаниязов). Бир бригадты қурап отырған бул шашаў аўылдың бир шети анаў ырашы ағараңдап көринген каналға, бир етеги жыңғыл, шеңгели питик далаңлыққа жалғасады (Ә.Атажанов). 2. Қысық, жумық. Урты томпайған көзлери питик («Қырқ қыз»). Қызыл жүзли қыз көринсе қуўжыңлай беретуғын бир уятсыз есер султан сыяқлы, писте мурынлы гөззал ажарына питик көзлерин қайта-қайта тигип тыпыршылап отыр (К.Мәмбетов). 3. аўыс. Өнимли, берекетли.