⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПИСТЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Ғоза сыякды мийўеси бар өсимлик, ағаш. 2. Мийўе, шағып желинетуғын кишкене ғоза. Шашың қара, бетиң аппақ. Қундыз кирпик, юбқа додақ. Писте мурын аўзың оймақ, Келбет жағың келген келин (Бердақ). Өзиниң жылаганын билдирмейин дегендей болып, түйин-түйин болған жаман жыртық бөз көйлегиниң жеңи менен көзин сүртип, писте мурнын қысып турып, бир сүңгирип, шыққан нәрсени жерге былш еткизип атып урды (М.Дәрибаев). Талдырмаш бойлы, бели қамыстай жиңишке, гүлше жүзи оттай жанған, кулакдары ақ қағаздай, писте мурынлы, шашы себет бурым, он үш жасар Алмагүлге ым қақты (Т.Қайыпбергенов).