ПАҚСА
Қарақалпақша
ат. 1. Ылайдан яки гербиштен салынған жайдың дийўалының бир бөлеги.
Еки пақсасы питип турған там Жәлмендики еди, жаңа далаға шыққанда көрген шығарсыз (Т.Қайыпбергенов).
Өжирелердин ишиндеги пақсаларды тарашлағандағы түскен ылай-кесеклердиң ирилеўлерин ғаўзастырып, бел менен сыртқа атып, майдалаўларын тоқпақ пенен езип, сыртқа шыққан Бердақ жумыстың сыртта да қызып атырғанын көрди (А.Садықов).
Арба жол қаразға қарай бурылатуғын жерде жиғит талай мәртебе тусынан өтип жүрген, қараўсызлықтан пақса дийўаллары унырап, айырым жерлери қулап атырған гөне тамның сүллери көринди (К.Кәримов).
2. Ылайдан яки гербиштен салынған дийўал.
Сөйтип, бизиң атызды Мәтсапалардикинен бөлип турған бийик пақсаның қасынан тандырға орын тегислеўге киристи (М.Шымбергенов).