ПАЛЫЗ
Қарақалпақша
ат. Бақша, ҳәр қыйлы көк егинлер.
Палызында толы қаўын, ғарбызы, Сиңлим десең жан аямас ҳәр қызы (Т.Сейтжанов).
Аўылдын айлана дөгереги палыз бенен жуўери атыз еди (К.Султанов).
Туңғыш муҳаббаттын дәрти бар сенде, Биз де оның дәмин татып көргенбиз, Ол — палызға түскен ең дәслепки из (И.Юсупов).
Әне, сол палыздан бетлеп бермаған, Бир бала қыйқыўлап киятыр маған (И.Юсупов).
Бағ ҳәм палызларың шийрин мийўалы, Жайлар салдың дәрўазасы хийўалы (И.Юсупов).