ПАЛ АШЫЎ
Қарақалпақша
ф. Картаға, қумалаққа хәм тағы басқа нәрселерге қарап келешекги болжаў, келешекти шамалап айтыў, қорра таслаў, қумалақ салыў.
Палға да исенбе, палсыз да болма (ққ.х.н.).
Палкерге пал аштырдым.
Әдеўир машақат шегесең, арада жақпас биреў өледи, соннан соң қосыласаң, — деди (Т.Қайыпбергенов).
Албырасып қалған халық айдын жолдың өзинде адасып, қоррандозға қорра таслатып, палкерге пал аштырды (К.Мәмбетов).
Жақында ғана оның қалтасынан кепкен қумалақларды шығарып алып, бизин үйде отырып пал ашқанынан хабарым бар (Т.Қайыпбергенов).