ОҚ I
Қарақалпақша
ат. 1. Оқ жайға салып атылатуғын, ушы найза тәризли узын, жиңишке таяқша.
Оқ жайдың оғы.
Ат бир лаппа жатады, оқ үстинен өтеди («Жәханша»).
Жайға оқты салады («Жәҳанша»).
2. Мылтық, пистолет, пулемет сыяклы куралларға салып атылатуғын кишкене снаряд; патрон.
Болсадағы олар туўысқан, Оқ аттырды алға боратып (М.Сейтниязов).
Адамға қарсы оқ ата алмайман (М.
Нызанов).
Бирақ, оқ жүректиң тусынан тийип, ол әлле қашан өлип қалған екен (А.Султанов).
Атылды жаўға, мылтыклар, Оқ жаўындай куйылыды (ққ.х.қ.).
3. Миномёт, реактив артиллерия ҳәм басқа да кураллардан атылатуғын оқ-дәри; снаряд.
Сол топылыста мениң оң аяғыма снарядтың оғы тийип жулып кетти (Ө.Хожаниязов).
0 Оқ кирпик — кирпиги шаншылып тик турган, тик кирпик.
Қасы жайдай, кирпиги оқ, Ҳеш жериниң мүлтиги жоқ (Әтеш).
Оққа ушыў — оқ тийип өлиў.
Жан апажан сени жаўда қалдырмай, Алып шығар оққа ушып өлмесе («Қырқ қыз»).
Талай адамның оққа ушқанын көрип едим, бирақ оның жығылғанындай жығылғанды көргеним жоқ (әд.
хрест).
Оқ-жарақ — оқ хәм қураллар, атыў дәскелери.
Оқ-жарақты жасырған жеринде сездим (К.Султанов).
Табыўға таптым-аў, бирақ бизиң ғарры ол сандыққа оқ-жарақтан бөтен ҳеш нәрсе салмаған екен (А.Бекимбетов).
Сендейлерди көзге күйик қылмай фронтқа жибереди.
Оқ-жарақ тасысаң да пайда (К.Султанов).