⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЯНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Уйқысын ашыў, уйқыдан турыў, түргелиў, турыў. Оянсам түсим екен (Ө.Айжанов). Қудайназар қанша кеш уйықладым десе де, күн шығыс жийек қызарып, таң атып киятырғаннан-ақ шашырап оянды (М.Нызанов). Шаңараққа түскен жақтыдан сетем алған Бектемир оянып кетти (К.Кәримов). «Байғус жетим, кетип қаяққа барады, Бектемир оянсын, ойласып бир илажын табармыз» (К.Кәримов). 2. аўыс. Жанланыў, қозғалыў. Оянды Аралдың балығы туўлап, Көллер жаңғырытты қус намасынан (Т.Сейтжанов). 3. аўыс. Пайда болыў, қозғалыў (туйғы-сезим ҳәм т.б. қаққында). «Өмирбек хәм Тазша» спектакли тамашагөйлер тәрепинен жыллы қабыл алынғаннан кейин, кеўлимде қатар жақсы нийетлер оянды (М.Нызанов). Кеўлинде үмит оянып изине қайтты (К.Кәримов).