⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТРЯД

Қарақалпақша

(рус. отряд < отрядить «қандай да бир тапсырма, ўазыйпа менен жибериў» фейилинен қосымтасыз жасалған атлық: қандай да бир тапсырма алған топар). ат. 1. Әскерий ямаса арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў ушын дүзилетуғын ўақтыншалық яки турақлы әскерий бөлим, бөлимше. Шымбай районы на отряд өз алды на кетти (Ә.Пахратдинов). Исфандиярханның көрсетпеси менен рус патшасының жазалаў отряды генерал А.С.Галкин басшылығында 1916-жылы апрель айында көтерилис басшыларынан 11 адамды дарға асты (А.Султанов). 2. Қандай да бир ис, хызмет ушын жәмлескен адамлар топары, жәмәәти. Пахта жыйын-теримине қатнасыўды қәлейтуғын ықтыярлыларды тартқан ҳалда отрядлар дүзиў жумыслары баслап жиберилген еди (газетадан). 3. зоол. Ҳайўанлар систематикасында анық бир белгилер менен бирлескен топар. Кемириўшилер отряды. Ҳәзирги амфибия түрлериниң улыўма саны 2100-2600 болып 3 отрядқа бириккен: куйрықлылар, аяқсызлар ҳәм куйрықсызлар («Омыртқалылар зоологиясы»).