⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТЛЫ I

Қарақалпақша

кел. 1. Жанып, нур шашып туратуғын. Қара көкшил алағат бултлардың баўырын тесип өтип, жулдызлар көктен отлы көзи менен жымыңласып қарайды (К.Султанов). 2. Жалынлы. Отлы найзағайдай баўыры тилинип, Аспаннан алағат бултлар көшпекте (Т.Мәтмуратов). Олай болмады, қайта алысайын деп турған отлы шоқты үплеп лаўлатып жиберди (К.Султанов). 3. Қызғынлы. Ү-үҳ дегенде ишинен отлы жалын атлықты (Қ.Досанов). Ғыжлап турған отлы сезимлериме суў куйды мына киси! (М.Нызанов).