⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРЫН

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир адам ямаса нәрсе ийелеп турған ямаса ийедеўи мүмкин болған жер, дәреже, ямаса кеңислик. Адамлар жолбарыстың өлгенин көрмесе де бизлердиң дем алыўымыздан сезип, орынларынан турып, өрип бизлерге қарап жүрди (Ә.Шамуратов). Жыйналған аламан гүў етип, орнынан турып кетти (М.Нызанов). Ләғениме суў толтырып алдым да, қапталындағы бос орынға отырдым (Т.Қайыпбергенов). Кир дегенде жаман қызлар кире алмас, Келип мерекеден орын ала алмас (ққ.х.қ.). Тойға барсаң бурын бар, бурын барсаң орын бар (ққ.х.н.). Олардың қәбирин абаданластырды, халық арқайын барып, өз ата-бабаларын зыяратлайтуғын муқаддес орынға айландырды (М.Нызанов). 2. Жатып дем алыў, уйқылаў ушын төсеп қoyылған көрпеше, көрпе, дастық хәм т.б. комплекси. Орныңа барып жат. Уйқы орын таңдамас. Соннан тап азанға дейин орнынан қыймылдата алмадық (М.Нызанов). Шырт уйқысынан оянған Улпери таң атып калғанын билди де «сыйыр саўыўым керек еди» деп орнынан турып кетти (К.Рахманов). 3. Жасаў ушын баспана, турақ жай, мәкан. Бул үйде маған да орын бар шығар. 4. Адамның, қандай бир нәрсениң өмирде өзине тән пазыйлет, абырай, дәреже хәм т.б. менен белгилениўши халаты. Өгиздиң отын жеп баспақтың орнында жатпа. Аттың орнын тай басар (ққ.х.н.). 5. Қандай да бир нәрсениң белгили бир жери, бөлими, бөлеги. Мақаланың айырым орынларында қәтелер бар (газетадан). 6. Ис-хәрекет, искерлик, хызмет хәм т.б. лардың белгили бир өлшемдер бойынша көрсеткиши, ийелеген халаты, дәрежеси. Жарыста бизиң спортшылар сыйлыклы екинши орынды алыпты. 7. Хызмет, ўазыйпа, лаўазым. Бурынғы баслықтың орнына жаңасы сайланды. Ол орнынан айырылыўдан қорқады. Сениң орныңа ким ислейди? 8. (3-бет тартым қосымтасы менен) Қандай да бир ис-ҳәрекетти орынлаў, сөзди айтыў ушын қолай пурсат, пайыт, мәўрит. Ҳәзир бул гәптиң орны емес. 9. Жағдай, тәртип, рет. Соннан бери албырап утылатуғын орынларда сөйлемейтуғын болдым (Т.Қайыпбергенов). 10. Белгили бир дәреже, ҳалат. Колхозда пахташылық тараўы бас орынды ийелесе, шарўашылық тағы да белгили орын тутады екен (А.Бекимбетов). 11. Орын мәнисиндеги грамматикалық терминлер курамында қолланылады: орын сеплиги, орын рәўиши, орын бағыныңқылы қоспа гәп. 12. (3-бет тартым жалғаўлы ҳәм барыс сеплиги қосымтасы менен: орнына) Қарама-қарсылық, салыстырыў сыякды қатнасларды билдирип көмекшилик хызметге келеди. Сен маған жәрдемлесиў орнына, қызығыма қарап турсаң ғой. Әжапасының орнына сиңлиси жуўап берди (газетадан). Ес-ақылы орнында — ес-ақылынан айырылмаған, ақыл-хуўышы жайында. Ес-ақылым орнында еле, Барлығында сезеди жаным (М.Сейтниязов).