⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРТАЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Көпшиликке тийис, хәммеге тең, улыўмалық. Бул маллар колхоздың орталық малы болады (Т.Қайыпбергенов). Ҳәзир бизиң колхозшылар ашық жүз, Телекте толы тур орталық ғәлле (Ж.Аймурзаев). Елде кимде көрпе-төсек болса орталыққа алынады деп олар да жуўап берип жүрди (Ә.Пахратдинов). — Бул маллар аўыл хожалығының орталық маллары болады (Т.Қайыпбергенов). — Орталықтан мен сөйлесем қәйтеди, шырағым? — деп Мәтеке Тилеўмуратовқа қарады (К.Султанов).