⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРТА

Қарақалпақша

кел. 1. Бир нәрсениң орталығы, аралығы. Бердақ қай жерде көпшилик халық жыйналса, ол мудамы солардың ортасында болды (И.Сағитов). Сениң көркиң сымбатыңа сол қайым, Мақул десең ортачызлатурмайын (Б.Исмайлов). Намаз жума күнлери мешит толы адамлардың ортасына молла шапанын жайып таслайды (Ә.Шамуратов). Ойынның қызығы менен жана гана ортада турган Меңлимурат ағаның қәпелимде қайда кеткенин андамай кальшпыз (Т.Қайыпбергенов). 2. Ярым, жарты. Түн ортасы аўғанда күндеги әдети бойынша бир топар пада келе берди (Қ.Айымбетов). Соң, рас-с дузга қаклап ҳәпте ортасы гә шәўле, гә нансорпа етип жеп, рәхәтленип қалады (М.Нызанов). 0 Орта мектеп — Он жыллық билим беретуғын мектеп. Бизлер аўылдағы орта мектепти питкерип кимимиз оқыўға, кимимиз өндириске жумыска кеттик (газетадан). Жети жыллық еди аўылда, Орта мектеп қалада еди (М.Сейтниязов). Орта бойлы — узын да емес, келте де емес бой, дене. Орта бойлы, қырма сақал, басында шапкасы бар, русша кийинген жигит (Н.Дәўқараев). Орта бойлы адамның аламан алдында көриниўи мүш кил еди (А.Султанов). Орта бойлыдан бәлентирек, ат жақлы, жалпақ мурынлы, мурты енди тап берип киятырған жас өспиримниң нәзеринде қызға деген ышқы-мухаббаттан көре қызығыўшылык басым көринди (К.Кәримов). Орта жасар — ғарры да емес, жас та емес, ақылы тоқтасқан. Бердақ шайыр орта жасқа келгенде Бийбихан деген биринши хаялы өледи (Қ.Айымбетов). Александр Злобин орта жасларға жақынлаган, хеш бир урысларда болып көрмеген, кеңседе, хожалық жақларында ислеп офиңерлик чинге ийе болып жүрген сыпайы жигит еди (Ә.Шамуратов). Орта дийқан — бай да емес, жарлы да емес дийкан.