ОПЕРАЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Медицинада айырым кеселликлерди емлеў мақсетинде денениң кеселленген жерин хирургиялық жол менен кесиў ҳәм тигиў.
Аяғымды операция жасады (К.Рахманов).
Операция столы нажатыз, Адам саўдаласар адам өмирин... (И.Юсупов).
Саат күндизги үште операция басланыўы керек еди (М.Нызанов).
2. Қандай да бир мақсетти гөзлеп ямаса белгили бир оператив яки стратегиялық ўазыйпаны орынлаў ушын бирден бир жоба бойынша ҳәм келисилген ўақытта алып барылатуғын ис-ҳәрекетлер комплекси.
Урыс операциясы.
— Тақсыр, усы операцияны маған тапсырыўыңызды сорайман, — деп сорайыпты (Ә.Шамуратов).
3. Саўда, финанс, почта, санаат, компьютер, қамсызландырыў ҳәм т.б.
менен байланыслы ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған искерлик ямаса ис-ҳәрекет.
Банк операциясы, өндирислик операция.
Банк операцияларын, сондай-ақ, банклерниң ҳәм банк операцияларының айырым түрлерин әмелге асырыўшы шөлкемлер тәрепинен бул бәнтте нәзерде тутылған басқа да операцияларды жүргизиў банк искерлиги есапланады (газетадан).