ОНДАЙ
Қарақалпақша
р. 1. Онындай, сонындай.
Егер де сизлер ондай естеликти орнатсаңыз, бабаларыңыз сизлерге ырза болады (А.Бекимбетов).
— Қойшы, ондай сөзди айтсаң бар ғой, уят болады (Ө.Айжанов).
Мен армияға кететуғын жылы бул аўылда ондай қыз жоқ еди (Ө.Хожаниязов).
— Онда ондай болатуғын болса, — деди Жәлел мақсым, — сол ел азаматлары ушын өзлеримиз ғана курбан баламыз (Ә.Пахратдинов).
Ондай тәртип, ондай ел узақ жасамайды! депти биреўлер (М.Сейтниязов).
— Тарт қолыңды! — деп ондайда: Бегмурат баўырсаққа қол созған хаялдың билезиклерин услап алады да аўзына келгенин айтады (М.Нызанов).
2. Оннан, сондай, соннан, оған усаған.
Ким табансыз тайғақ болса, Ондайлардан қол үземен (Д.Назбергенов).
Ондайларға берип малы-мүлкимди, Жаныңа жоламай қашсам деп турман (Т.Мәтмуратов).
3. Айтарлықтай, онша.
Мен ондай жаман нийетли адам емеспен! (М.Нызанов) 0 Ондай-мындай — зат-усақ-түсек, ол-пул, ҳәр түрли затлар.
Егерде бирнемели болатуғын болсаң, ондай-мындай затларды сатып суўыстырып, алды менен кийим-кеншеклерин таярлаў керек, балам, — деди әкем бурынғыдан әбден жумсарып (Ө.Хожаниязов).