⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЛЖА

Қарақалпақша

ат. 1. Душпан үстинен жеңиске ерискеннен соң қолға киргизилетуғын нәрсе, байлық. Таўсылмастай көп олжа; қудай саған берипти («Қырқ қыз»). Табғаш ләшкери Қара Ыртыш дәрьясын жағалап қонысланған қырғызларды шапты, жалданба түрклер көп қаҳарманлықдар көрсетти, тартып алынған олжалар ортаға әкелингенде басқыншылардың көзлери ойнап кетти (К.Кәримов). 2. Ауда қолға түсирилетуғын, услап ямаса атып алынатуғын нәрсе, аң. Шамурат пенен Әбдирейим усындай көп олжаның үстинен шықты («Әмиўдәрья» ж.). Китты қурылдаўына қарағанда жолбарыс жүдә шаршаса керек, түни менен жейтуғын олжасын рети болмағаннан соң ғезип-гезип ақырында мени тапқан ғой, деп ойладым (Ә.Шамуратов). Бирақ, «пискен астың күйиги жаман» деген, арысланнан айбынып, олжаға жақын бара алмай турған ғиена кусап ҳәр ўақта бир алып отырман (М.Нызанов). Ашкөз қара қустай олжаңды бурып, Ушардан ийилип аласаң оны (И.Юсупов).