ОЙЫЛЫЎ I
Қарақалпақша
ф. 1. Тесилиў, омырылыў, түсип кетиў, тесик болыў.
Ойылған жерден шығатуғын үнжоқ (Ж.Аймурзаев).
Муз тез жуқарады ҳәм ойылып та кетеди (Қ.Ирманов).
Орпаң жерлерге келгенде ойылған ат туяқларының излери оларды кәўиллендирди (Т.Қайыпбергенов).
2. Жүдә ықлас пенен ислеў, қозғалмаў, табжылмаў.
Бул молла бурынғы молладай қолынан тәсписин түсирмей ойылып оқый да бермейди (Ә.Шамуратов).
3. Нағыслаў, нағыс ислениў, нағыс салыныў, сырлаў.
Аты жумбақ: текте олаққа айқыш-уйқыш ойылған кесте (Г.Есемуратов).
Балалар теңгелерин алып келип, молдадан бир жапырақ әйтеўир ғана гүңгирт нағыс ойылған, ақ жағына сыя менен жазылған қағазды молдадан алып атыр (Ә.Шамуратов).
Ҳәзирги миллий шапанлар бир-бир ярым қарыска дейин реңли сабакдар менен нағыс ойылып, узаққан сахна кийимине усап турады (М.Нызанов).