НАР
Қарақалпақша
ат. 1. Түйениң жалғыз өркешли түри, ҳасыл туқымлы ири түйе.
Үстине әдден зыят жүк артылған нар орнынан турады (К.Султанов).
2. аўыс. Азамат, қарыўлы, күшли, батыр.
— Ҳәй нарым-ай, алдыңды алла ашсын, — деди (Қ.Ирманов).
3. аўыс. Теректиң ямаса малдың үлкен түри.
Анаў турған алмамекен, нармекен, Саясында жатқан бизиң ярмекен (ққ.х.қ.).
0 Нар қамыс — ири, жуўан, узын қамыс.
Өркеш таўың усласып, Нар қамысың жарасып, Жаңарған елдиң сәнисең (К.Султанов).
Нар жигит — күшли, батыр, қарыўлы жигит.
Нар түйе — жалғыз өркешли үлкен түйе, түйениң үлкен түри.
Нар түйеге жүк артты, Аўмасын деп жолларда, Қалмасын деп шөллерде, Арқан менен берк тартты («Алпамыс»).
Нартеке — аўыс. Текениң ири, күшли, ҳасыл туқымы.
Гүлдир-гүлдир силкинип, Нар текедей керилип, Қулағын тигип жәниўар, Төрт тәрепке қарады («Алпамыс»).
Жүкти нар көтерер — аўыс. қыиыншылыққа, аўырманшылыққа шыдайтуғын адам.